Siyosat УЛЛЫ КЕЛЕШЕГИМИЗДИҢ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛИ

УЛЛЫ КЕЛЕШЕГИМИЗДИҢ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛИ

0
УЛЛЫ КЕЛЕШЕГИМИЗДИҢ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛИ

Өткен жигирма төрт жыл даўамында миллий нызамшылық тарийхында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы  раўажланып, жетилисип келмекте.

Конституциямыз-мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкары, халқымыз еркинлигиниң жоқары көриниси болып табылады.

Өзбекистан Республикасы қурамындағы өарақалпақстан Республикасының суверенитети Өзбекистан Республикасы тәрепинен қорғалады. өарақалпақстан Республикасы менен Өзбекистан Республикасының өз-ара қатнасықлары олар ортасында Өзбекистан Республикасы Конституциясы шеңберинде дүзилген шәртнамалар ҳәм келисимлер менен тәртипке салынады.

Конституция пүткил жәҳән жәмийетшилигине халқымыздың ерк-ықрарын баян етип, миллий мәмлекетшилигимизди заманагөй тийкарларда қайта тиклеў, демократияны тереңлестириў, инсан ҳуқықлары ҳәм мәмлекет суверенитети  идеяларына садық болыў, пуқаралар тынышлығы ҳәм миллий бирликти тәмийинлеўден ибарат екенлигин жәрия етти.

Республикамыз Конституциясы қағыйдаларына муўапық жасаў ҳуқықы -ҳәр бир адамның ажыралмас ҳуқықы болып, оған қол қатыў ең аўыр жынаят есапланады. *әр бир адам еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе болып, нызамға тийкарланбай турып ҳеш ким қамаққа алынбайды ямаса қамақта сақланбайды.

өарақалпақстан Республикасының пуқарасы бир ўақыттың өзинде Өзбекистан Республикасының пуқарасы болып есапланады, нызамларда белгиленген шеклеўлерден тысқары жағдайларда Өзбекистан Республикасы аймағында еркин жүриўге, Өзбекистан Республикасы аймағына кириўге ҳәм шығып кетиўге ҳақылы.

Конституцияға муўапық, ҳәр бир адам ой-пикир, сөз, исеним еркинлигине ийе. Пикирлер ҳәм оларды билдириў еркинлиги мәмлекетлик ямаса басқа да сырлар бойынша нызам менен шеклениўи мүмкин.

Конституциямыз қағыйдаларында пуқаралардың жеке ҳуқықлары ҳәм еркинликлеринен тысқары олардың сиясий, экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықларының да негизлери белгилеп берилген.

Республикамыз пуқаралары жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң ислерин басқарыўға тиккелей, сондай-ақ, өзлериниң ўәкиллери арқалы қатнасады. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларда демократиялық түрде қәлиплестириў арқалы әмелге асырылады.

Пуқараларымыздың мийнет етиў, жумыс түрин еркин таңлап алыў, әдил мийнет жағдайларында жумыс ислеў ҳәм нызамларда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе болып, судтың ҳүкими менен таярланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген тәртиптен басқа жағдайларда мәжбүрий мийнетке тартыў қадаған етиледи.

Жуўмақлап айтқанда, Конституциямыз белгиленген қағыйдалар ҳәм суд-ҳуқықы тараўында өткерилип атырған реформалар, суд уйымларының пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳақыйқый қорғаўшыларына айланыўына беккем имканият жаратады, уллы келешегимиздиң ҳуқықый кепиллиги болып табылады.

Қәдирбай БЕКМУРАТОВ

Район прокуроры, әдиллик кеңесшиси