ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎFА БАFДАРЛАНFАН
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 5-октябрь күнги «Исбилерменлик жумысын жедел раўажландырыўды тәмийинлеўге, жеке мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы ПП-4848 санлы Пәрманы қабыл етилди.
өабыл етилген бул Пәрман киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең еркинликлерди бериў, олардың жумысларына араласыўларды түптен қысқарттырыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте басқышында алдын алыўды тәмийинлеў, олардың профилактика нәтийжелилигин асырыў, ҳуқықбузыўшылыққа жол қойылмаўы ең әҳмийетли жөнелис ҳәм мәмлекет органларының биринши дәрежели ўазыйпасы сыпатында беккемлейди.
Пәрманда исбилерменлик субъектлери жумысларына тийкарсыз араласыўлардан исенимли ҳуқықый кепилликлерди тәмийинлеўге жөнелтирилген мәмлекет қадағалаўының принципиал жағынан жаңадан бир қатар механизмлер белгиленбекте.
Сондай-ақ, 2017-жыл 1-январьдан баслап төмендеги бурын көрилмеген илажлар енгизиледи:
Исбилерменлик субъектлери жумысын режеден тысқары тексериўлердиң барлық түрлери бийкар етиледи. Юридикалық шахстың сапластырылыўына байланыслы тексериўлер ҳәм де физикалық, юридикалық шахслар тәрепинен нызам ҳүжжетлери бузылыў жағдайлары ҳаққындағы мүрәжатлар тийкарында тек ғана Қадағалаўшы органларын муўапықластырыўшы Республикалық Кеңестиң шешимине тийкарланып өткерилетуғын қысқа мүддетли тексериўлер әмелге асырылыўы мүмкин.
Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери жумысын, сондай-ақ, жынаят ислери бойынша қарама-қарсы тексериўлердиң барлық түрлери бийкар етиледи.
Пәрман ҳәкимшилик ҳәм жынаят нызамшылығын либералластырыў жолын даўам еттирип, финанс-хожалық жумысын әмелге асырыўда биринши мәрте ҳуқықбузарлықты ислеген исбилерменлик субъектлер, олардың хызметкерлери ҳәм исбилерменлик искерлигин мәмлекетлик дизимнен өткерместен әмелге асырып атырған шахсларды, олар тәрепинен жеткерилген зыянды қаплаған ҳәм ҳуқықбузыўшылық нәтийжесин белгиленген мүддетлерде өз ықтыяры менен сапластырған жағдайда, жуўапкершиликтиң барлық түрлеринен азат етиў менен байланыслы жаңа илажларды нәзерде тутады.
Республиканың инвестициялық қызықтырыўшылықты асырыў ушын сырт ел инвестициялар қатнасындағы жаңадан шөлкемлестирилген, ислеп шығарыўшы кәрханаларына бес жыл даўамында олар дизимнен өткен сәнеде әмелде болған салық муғдарына қарамастан, сырт ел инвестициялар қатнасындағы барлық кәрханаларға қолланылады.
Баҳадыр ДәЎЛЕТИЯРОВ
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги субъектлери ҳәм сырт ел инвестицияларын ҳуқықый қорғаў бөлими баслығы