Siyosat НӘШЕБЕНТЛИК-ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТ

НӘШЕБЕНТЛИК-ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТ

0
НӘШЕБЕНТЛИК-ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТ

Инсаният раўажланыўдың жаңа-жаңа шоққыларына шықпақта. Бирақ дүньяда халықлар,  миллетлер келешегине қәўип туўдыратуғын иллетлердиң бири-нәшебентлик иллети елеге шекем сақланып келмекте.

Елимизде нәшебентлик затлардың қолланылыўына ҳәм саўдасына шек қойыў, оның алдын алыў-бүгинги күнниң баслы ўазыйпаларының бири. Бүгин мәмлекетимизде жаслардың билим алыўы, еркин кәсип таңлаўы, талантын жүзеге асырыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Тек ғана усы шәрт-шәраятларды көре билиў ҳәм оннан дурыс пайдаланыў лазым. Бирақ билип-билместен нәшебентликтей жаман жолларға жаслардың кирип қалыўы ушыраспақта. Әлбетте бул ашынарлы. Жас әўладтың бундай жаман иллетлерге кирип қалыўының алдын алыў ҳаққында ғамхорлық етиў тек ғана ҳүкиметимиз яки оқыў орынларының ўазыйпасы емес, бәлким ҳәр бир ата-ананың да муқаддес ўазыйпасы. Усындай жағдайлардың болыўына тосқынлық етиў ушын бәршемиз жаслардың сергеклигин және де асырып барыўымыз тийис.

Усы иллетке қарсы гүресиў мақсетинде мәмлекетимизде 1999-жылы 19-август күни Өзбекистан Республикасының «Нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлар ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Нәшебентлик ҳәм психотроп затлар менен нызамға қайшы түрде шуғылланған пуқаралар ушын жазалар белгилеп қойылған.

Сонлықтан бул иллетке қарсы өз өмиримиздиң ҳәм жаслардың келешеги ушын гүресип жасаўымыз тийис.

 

Берикбай ТУРЕМУРАТОВ

Районлық мәмлекетлик нотариал кеңсеси

                                            нотариусы хаткери