ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ
Райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң мәжилислер залында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық Кеңесиниң шөлкемлестириў мәжилиси болып өтти. Мәжилиске район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы баслықлары, мекеме, шөлкем басшылары менен орынбасарлары қатнасты.
Мәжилисти өарақалпақстан телера-диокомпаниясы баслығы өаллибек Нағметов басқарып барды.
Мәжилисте шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, усы жылдың 3-февраль күнги Президентимиздиң «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди нәтийжели шешиўдеги ролин арттырыў, пуқаралар жыйынларының улыўма мәплерин сәўлелендиретуғын ассоциацияға бирлесиў ҳуқықын жүзеге шығарыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды белгилеп береди.
Шөлкемлестириў мәжилисинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық Кеңестиң баслығы, биринши орынбасары, ҳәм де баслығының жаслар жумыслары бойынша орынбасары, диний-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары, кекселер ҳәм нураныйлар жумыслары бойынша орынбасарлары тастыйықланды.
Мәжилис соңында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Республика Кеңеси шөлкемлестириў мәжилисине қатнасыў ушын делегатлар сайланды.
Ҳүрлиман Асенова