Siyosat ҲӘМ ЕГИП, ҲӘМ ШЕГИП...

ҲӘМ ЕГИП, ҲӘМ ШЕГИП...

0
ҲӘМ ЕГИП, ҲӘМ ШЕГИП...

Гүзе күнде емес, күнинде сынады. Ал, аўырыўын жасырғанның болса, ысытпасы әшкара қылады дейди.Негизи ата-бабаларымыздан гәп қалмаған.Не ушын сөзимизди алыстан-нақыл-мақаллардан баслап атырмыз? Буның да себеби бар.

Турдыбай да аўыл адамларының бири болып, үй алды қыйтақ жерине баў-бақшасын егип, малын жайып жүргенде ҳеш кимниң оның менен иси болмас еди.Районлық ишки ислер бөлими менен миллий қәўипсизлик хызмети тәрепинен өткен жылдың август айында өткерилген «Антитеррор-тазалаў» илажлары даўамында үй алды қыйтақ жеринде жабайы шөплердиң арасына қурғатып қойған еки түп кендир өсимлиги менен марихуана нәшебентлик затлары табылыўы, оның өмирин темир торлы әлемге өзгертип жиберетуғынын өзи сезбеди дейсизбе?!

Сезеди әлбетте.Жынаятым жасырын, ким билип атыр дейсең, деген мазмунда ислеген оның намақул ислерин экспертиза жуўмағы әшкара етип қойды. Яғный, бул айғақлы затлар өарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министрлиги эксперт-криминалистика бөлимине жиберилип, өткерилген суд-химиялық экспертизасының  жуўмағына қарағанда қурытылған, өзине тән өткир ийисли өсимлик жапырақларының қурамында нәшебентли актив компонент тетрагидроканнабинол бар болып, бул марихуана деп аталатуғыны, оның салмағы 10,09 грамм екени, және еки түп тамыры менен жаңадан жулынған ызғар жасыл реңли, өткир ийисли өсимлик түплериниң қурамында нәшебентли актив компонент тетрагидроканнабинол бар болып, булар кендир өсимлиги түби деп аталып, таза салмағы 710 грамм екени көрсетилген.      

Судланыўшы Т.Баймурзаев суд мәжилисинде айыбын толық мойынлады. Ҳақыйқаттанда ол өткен жылдың май  айының ишинде өзиниң «өараой» аўылы пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан үйиниң арқа шығысындағы қыйтақ жеринде өсип турған  шеңгеллердиң арасына еки түп кендир өсимлигин жетилистиргенин, өзи шегиў мақсетинде жетилискен жапырақларды қурғатып қойғанын, бул исинен енди пушайман екенин, ден-саўлығы төменлигин, шаңарағында бес перзенти барын, өзине жеңиллик бериўин сорап көрсетпе берди.

Соңғы пушайман-өзиңе душпан, деген. Жынаяттың аты жынаят. Ол жазасыз қалмайды.әдил суд Т.Баймурзаевтың жынаятлы исин көрип шықты ҳәм тийисли жазасын берди.

 

Ж.Уразбаев

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судының баслығы