Siyosat ҲӘКИМШИЛИК ЖУЎАПКЕРШИЛИККЕ ТАРТЫЛДЫ

ҲӘКИМШИЛИК ЖУЎАПКЕРШИЛИККЕ ТАРТЫЛДЫ

0
ҲӘКИМШИЛИК  ЖУЎАПКЕРШИЛИККЕ ТАРТЫЛДЫ

Жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес пенен шуғылланыўшы субъектлерге мәмлекетимиз тәрепинен кең жол ашылған болып, олар ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған. Бул ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз, ҳәр ким қәлегенинше бизнес пенен шуғылланыўы мүмкин деген сөз емес.

2016-жыл 31-октябрьде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Халықты дәри-дәрмақ қураллары ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Бүгинги күнде усы қарар талапларының орынланыўы бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы СВБЖҳЖДЛҚГ департаменти районлық бөлими ҳәм районлық мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери менен район Дийхан базарында өткерилген рейд тексериўи даўамында район турғыны Ж.Әўезбаеваның 715.975 сумлық 84 атамадағы дәри-дәрмақларды ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз усақлап сатып отырғаны анықланды. Ол бул ҳәрекетлери менен Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 165-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықты қастан ислеген ҳәм бул ҳуқықбузарлық ҳәрекетине бола ҳәкимшилик шара қолланылды.

 

Қ.АЛЛАМЖАРОВ

Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы СВБЖҳЖДЛҚГ

                    Департаменттиң районлық бөлими инспекторы