УРЛЫFЫ ӘШКАРА БОЛДЫ
Күн сайын алға қарап раўажланып атырған елимиздиң барлық тараўларында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. әсиресе, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын асырыў мақсетиндеги алып барылып атырған жумыслар талай ғана. Мәмлекетимизде алып барылып атырған әдил сиясаттың тийкарында жынаят көшесине адасып кирип қалғанлар ушын кеширим бериў актлериниң қолланылыўы бул-миллетимизге тән болған кеңпейилликтиң белгиси.
Деген менен, айырым ўақытларда әтирапымыздағы базыбир пуқаралар усындай имканиятлардың қәдирине жетпестен намақул ислерди, ҳәттеки жынаят ислеўге шекем барады.
Спиртли ишимликлерден жийи пайдаланатуғын гей биреўлер мәс ҳалында ҳәр түрли унамсыз ҳәрекетлерге қол урыўы мүмкин. Мәселен, мәс ҳалында аўыр сөз айтып, адамның зейнине тийиўи, биреўди урып-соғып жазым келтириўи, ҳәттеки урлық ислеўи де мүмкин. Усындай спиртли ишимликлер ишкен пуқара Ж.Әметбеков өткен жылдың август айында мәс ҳалында райондағы «Ўатан» көшесиниң турғыны пуқара Г.Есбағамбетованың үйиниң арқа тәрепиндеги айнасының сеткасын жыртып ашып, жайдың ишинде, айна алдында турған бир дана «Отаў» маркалы тюнерин қолында болған таяқ пенен тартып алып, сол тюнерди жасырын рәўиште урлық жолы менен талан-тараж етип, ўақыя орнынан жасырынған.
Әлбетте, қыңыр истиң қай бири де изсиз қалмайды. Күнлердиң күнинде бәри-бир әшкара болады ҳәм нызам алдында жуўап береди.
Яғный, пуқара Ж.Әметбеков Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты қастан ислегенлиги анықланды ҳәм айыплы деп табылды.
Қ.БЕКМУРАТОВ
Район прокуроры, әдиллик кеңесшиси