ШЕГАРА ДӘРЎАЗАСЫЗ ЕМЕС
Паспорт-ҳәр бир инсанның жеке шахсын анықлайтуғын бирден-бир ҳүжжет. Пуқаралар арасында шет еллерде жүрип, паспортлары жарамсыз ҳалға келген яки жойтылған жағдайларда Өзбекистан Республикасы елшиханларына мүрәжат етиў лазым екенлиги ҳаққында түсиник жумыслары алып барылыўына қарамастан, шет еллерде жүрип мүддети питкен айырым пуқаралардың айланба жоллар арқалы шегараны бузып өтиў жынаятларына жол қойыў жағдайлары елеге шекем даўам етип атыр.
Райондағы «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаған 1990-жыл туўылған пуқара Рахат Балтабаев 2008-жылы июнь айында қоңсылас Қазақстан Республикасына кетеди. Арадан неше жыллар өтсе де, Рахат Қазақстан Республикасында жасап, өзиниң пуқаралық паспортының мүддети өтип кетиўине байланыслы 2016-жылдың 20-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы аймағына айланба жоллар арқалы кирип келгенлиги районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен анықланды.
Пуқара Р.Балтабаев Өзбекистан Республикасы «Мәмлекетлик шегарасы ҳаққында»ғы Нызамының 15-статьясы 1-бөлими ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекистан Республикасы пуқараларының шет елге шығыўы ҳәм Өзбекистан Республикасы аймағына кириўи тәртиби» талапларын бузып, жынайый жуўапкершиликке тартылды.
Қ.БЕКМУРАТОВ
Район прокуроры, әдиллик кеңесшиси