Siyosat ХАЛЫҚ ПЕНЕН ТЫFЫЗ БАЙЛАНЫСТА

ХАЛЫҚ ПЕНЕН ТЫFЫЗ БАЙЛАНЫСТА

0
ХАЛЫҚ ПЕНЕН ТЫFЫЗ БАЙЛАНЫСТА

Елимизде жаңа өзгерислер, халық пенен тығыз байланыс, шаңарақларға тиккелей кирип барыў, олардың турмысындағы әҳмийетли мәселелерди үйренип шығыў, соның менен бирге бул мәселелерди шешиў-бүгинги күнниң баслы бағдары болып қалмақта.

Февраль айынан баслап ҳәр ҳәптениң пийшемби күни ра-йон аймағында «Профилактика күни» сыпатында белгиленип, тийкарғы жумыслар даўам етип атыр.

Профилактика жумысларын алып барыўда пуқаралар жыйыны хызметкерлери, ишки ислер бөлиминиң профилактика инспекторлары, мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлердиң хызметкерлеринен исши топарлар дүзилип, олардың жумысын муўапықластырыў бойынша район ҳәкими, район прокуроры, ишки ислер бөлими баслығы, ҳаял-қызлар комитети баслығы, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети районлық Кеңеси баслығы ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары қурамында районлық комиссия тастыйықланып, реже бойынша жумыс алып бармақта.

Бул исши топарлар ҳәм комиссия ағзалары тәрепинен белгиленген реже тийкарында февраль айының соңғы 15 күнлигинде район аймағында ҳуқықбузарлық, жынаятшылық ҳәм басқа да жәмийетке жат болған басқа да ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажлар және усы илажлар тийкарында аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи, 1-3-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде, аўыллық 10-18-19-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде халық пенен ушырасыўлар өткерилди.

Ушырасыўларда жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, сабақларға себепсиз қатнаспай жүрген оқыўшыларды оқыўға тартыў, олардың шет еллерге шығып кетиўиниң алдын алыў бойынша оқыўшы жаслар ҳәм ата-аналар арасында түсиник жумыслары алып барылды.

«Профилактика күни» илажлары даўамында 102 хызметкер ажыратылып, 1609 шаңарақ үйренилип шыққанда паспорт қағыйдаларын бузған 5 пуқара, өз жасаў мәнзилинен узақ мүддетке шығып кеткен 40 пуқара, жасаў мәнзилине қайтып келген 29 пуқара анықланды.

Буннан тысқары район аймағында жы-наятлар жүз берген мәҳәллелерде пуқаралар арасында талқыланып, жынаятлардың келип шығыў себеплери үйренилди.

Илаж даўамында келип түскен мүражат ҳәм усыныслар, анықланған машқалаларды өз ўақтында шешиў ушын тийисли мекеме ҳәм кәрханалар жумыс алып бармақта.

Г.ДӘЎЛЕТМУРАТОВА