Fan va ta'lim Пәнлер олимпиадасы жеңимпазын қабыллады

Пәнлер олимпиадасы жеңимпазын қабыллады

0
Пәнлер олимпиадасы жеңимпазын қабыллады

 

Район ҳәкими Жамбул Адилов жақында Наўайы ўәлаятында өткерилген төртинши басқыш пәнлер олимпиадасы жеңимпазы Ҳүрлиман Жолдасбаева ҳәм оның устазларын қабыллады. Студент болыў бахтына ерискен 6-санлы орта мектептиң 11-класс оқыўшысы Ҳ.Жолдасбаеваны табыслары менен қутлықлап, жеңимпаздың келешек әрманлары ҳаққында сәўбетлести.

Оқыўшысын үлкен табысларға жетелеген устазы Дина Қаниязованың жумысларында және де жетискенликлери көп болыўына тилеклес екенин билдирди. Жеңимпаз шәкирт пенен устазға район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет жарлығы, диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети