Siyosat БАЙРАҚ - ЎАТАН ТЫМСАЛЫ

БАЙРАҚ - ЎАТАН ТЫМСАЛЫ

0
БАЙРАҚ - ЎАТАН  ТЫМСАЛЫ

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик суверенитетиниң нышаны, халықаралық қатнасықларда Өзбекстан Республикасының символы болып табылады.
Быйыл Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине 30 жыл толды.
Өзлигимизди, ғәрезсизлигимизди, усы елге тийислилигимизди аңлатыўшы бул нышан ҳәр бир инсанның қәлбинде ериксиз ўатанға деген муҳаббатты, мақтанышты пайда етеди.
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы Нызам 1991-жыл 18-ноябрь күни қабыл етилди. Нызам мәмлекетлик байрақтың көриниси, жайластырылатуғын орынлары ҳәм оларға байланыслы тәртиплер, байрақ белгисинен пайдаланыўға болмайтуғын жағдайлар ҳәм байраққа ҳүрметсизлик еткенлик ушын жуўапкершилик мәселелерин тәртипке салады.
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының жайластырылыўында әлбетте нызамшылық талапларына әмел етилиўи шәрт.
Мәселен, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы менен бир ўақытта Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы көтерилгенде, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы (имараттың алдыңғы тәрепине қарап турғанда) шеп тәрептен көтерилиўи керек. Олардың өлшемлери ҳәм көтерилиў бәлентликлери бир-бирине қарата бирдей болыўы шәрт.
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы менен бир ўақытта шет ел мәмлекетлери ҳәм (ямаса) халықаралық шөлкемлердиң байрақлары көтерилгенде олар бирдей бәлентликке жайластырылыўы ҳәм бирдей өлшемге ийе болыўы керек.
Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы имаратлардың тийкарғы кирер жеринде ямаса буның ушын қолайлы орында ямаса кийдирилетуғын сапта ямаса флагштокта байрақтың сабы имараттың фасады менен қоса 45 градустан аспайтуғын мүйешти пайда етиўи керек.
Көтерилген Өзбекстан Республикасы Мəмлекетлик байрағының борлаты жерден ең кеминде 2,5 метр бəлентликте болыўы белгиленген.
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы Нызам менен байрақтың схематикалық ҳəм реңли көриниси тастыйықланған.
Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы ҳəм оның көриниси үлкен-кишилигине қарамастан усы Нызам менен тастыйықланған реңли ҳəм схематикалық көриниске бəрқулла анық сәйкес келиўи тийис.
Усы Нызам орынланыўын тәмийинлеў тийисли мәмлекетлик уйым ҳәм басқа шөлкемлердиң басшылары жуўапкершилигине, ал басқа мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаў ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Өз гезегинде Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ўәкилханалары, консуллық мәкемелери, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер жанындағы ўәкилханалары тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады.
Мəмлекетлик байрақтың тəрийплемеси түсирилген белгилерден Өзбекстан Республикасына тийислиликти белгилеў мақсетинде предметлерде, оқыў-тəрбия процессинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы мəмлекетлик сыйлықларының элементи сыпатында пайдаланылыўы мүмкин.
Ал, Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағының тəрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарып атырған ямаса реализация етилип атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткериў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў, сондай-ақ, мəмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағына уқсас болыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ, Өзбекстанда турған басқа да шахслар Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағын ҳүрметлеўи шəрт.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик байрақ, герб ҳәм гимни ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузыў, Мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизлик етиў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады.
Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине тийкарланып, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы, Мәмлекетлик герби ҳәм мәмлекетлик гимни ҳаққындағы нызамшылықты бузыў:
пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса-үш есесинен жети есесине шекем;
әйне усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта исленсе:
пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға-жети есесинен он есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.
Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине тийкарланып, мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизлик етиў - базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Ҳүрметли заманласлар, бәршеңизди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.
Елимиз байрағы барлық тараўлардағы жетискенликлер менен ҳәмийше жоқарыға көтериле берсин.

Н.Қалимбетов
Районлық әдиллик бөлими баслығы