Siyosat Ҳаял-қызлар машқаласы додаланды

Ҳаял-қызлар машқаласы додаланды

0
Ҳаял-қызлар машқаласы додаланды

Тахтакөпир районында "Ҳаяллар дәптери"нде 830 ҳаял-қыз дизимге алынған. Олардың ишинде жумыссызларды жумыс пенен тәмийинлеў, кредит берип өзин-өзи бәнтлеў жумысларының алып барылыўын үйренип шығыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы кәсиплик аўқамынан Қарақалпақстанға бекитилген ўәкил Ш.Сингалиев районымызда болды. Исши топар менен мәҳәллелерди үйренип шықты. Исбилерменлик орайы тәрепинен оқытылып атырған 10 ҳаял-қызларға серфитикатлар тапсырды. Соң район ҳәкиминиң қабыллаўында болып, сектор баслықлары, тийисли тараў басшылары ҳәм районлық штаб ағзалары менен бирликте дәптерде есапта турған ҳаялларға берилетуғын жәрдемлер ҳәм оларды есаптан шығарыў бойынша сәўбетлесиў өткерди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети