Siyosat "Жас шегарашылар" таңлаўда

"Жас шегарашылар" таңлаўда

0

Жасларды ўатанға муҳаббат, әскерий миннетке садықлық руўхында тәрбиялаў, олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларға мәртлик, мийнетсүйиўшилик пазыйлетлерин сиңдириў, шегара хызметине қызықтырыў ҳәм басқышпа-басқыш таярлап барыў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеби окыўшыларының  «Жас шегарашылар» әскерий спорт жарысы өткерилди. Жарысқа 130 дан аслам жаслар қамтып алынды. Жарыс жуўмағында 1-орынды 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары ийелеген болса, 2-орынды  8-санлы орта мектеп оқыўшылары, 3-орынды 2-санлы орта мектептиң окыўшы жаслары жеңип алды.Жеңимпаз командалар республикалық басқышқа жоллама алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети