Ma'daniyat Қуўнақ жаслар

Қуўнақ жаслар

0
Қуўнақ жаслар

"Атакөл" аўылында жайласқан 8-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имараты жаңа түске енди. Онда  жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ушын барлық мүмкиншиликлер бар. Мектепте Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеў, жаслар арасынан қуўнақ, зийрек, епшил, шаққан жасларды анықлаў ҳәм оларды хошаметлеп барыў мақсетинде   «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы өткерилди.Таңлаўға жәми 7 команда қатнасты. Таңлаў жуўмағында 1-орынды «Қарекең» командасы, 2-орынды "Шопан қызлары" командасы ийеледи. Ал 3-орынды болса «Ақыллылар» командасы ийелеп, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети