Қәнигеликке бағдарланған оқыў курсы жуўмақланды
1582
0

"Атакөл" АПЖ аймағында кәсип-өнерге оқытыў орайында тигиншилик қәнийгелиги шөлкемлестирилип, 19 жумыссыз ҳаял-қызлар оқытыў курсын жуўмақлады. Районлық Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы М.Шербеков, район ҳәкиминиӊ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси А.Аллиярова ҳәм Нөкис қаласындағы кәсип-өнерге оқытыў орайы методистлери тәрепинен тигиншилик қәнигелиги бойынша оқыўын тамамлаған ҳаял-қызларға гүўалықлар тапсырылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети