Ma'daniyat "Лаққылар" республикалық таңлаўының зоналлық басқышы өткерилди

"Лаққылар" республикалық таңлаўының зоналлық басқышы өткерилди

0
"Лаққылар" республикалық таңлаўының зоналлық басқышы өткерилди

 

Халқымыз әзелден сөзге шешен, дилўар инсанларын ҳүрмет етип келген. Сатира-юмор жанрының раўажланыўында лаққышылықтың үлкен орны бар. Усындай талантлыларды анықлаў мақсетинде райондағы мәденият орайында "Лаққылар" республикалық таңлаўының зоналлық басқышы өткерилди. Таңлаўға Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек районлары профессионал ҳәм ҳәўескер қызықшы, лаққылары қатнасты.
Таңлаў жуумағында Шымбай районынан Айдос Баймуратов Тахтакөпир районынан "Жаслар" театр студиясы ағзасы Атабек Төлепбергеновлар жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды. Жеңимпаз жигитлерге әўмет тилеймиз

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети