Ma'daniyat Жаслардың бос ўақтында

Жаслардың бос ўақтында

0
Жаслардың бос ўақтында

"Әдебиятқа итибар-мәдениятқа итибар" сүрени менен жасларымызды ўатан сүйиўшилик бағдарында тәрбиялаў, олардың билим дәрежесин анықлаў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Әжайып майдан" интеллектуаллық ойыны болып өтти. Ойынға мектептиң жоқарғы класс оқыўшылары қатнасты. Жарыс жуўмағында 10- класс оқыўшысы Айдос Сериков жеңимпаз атанып, район көлеминде өткерилетуғын ярым финал басқышына жоллама алды. Соңынан орайлық мәденият орайы эстрада дөгереги қатнасыўшыларының концерт бағдарламасы қойып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети