Оқыў курсы шөлкемлестириледи
1250
0
Жумыссыз, бирақ қолынан өнер келетуғын ҳаял-қызларымыз бар. Оларға жол-жоба көрсетип, кәсипке бағдарлаўда жәрдем керек болады. Усы мақсетте алыстағы аўыллардың бири "Белтаў" АПЖ аймағында жумыссыз болған ҳаял-қызлар менен район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси А.Аллиярова ҳәм районлық бәнтликке көмеклесиў орайы баслығы А.Байымбетовлар ушырасыў өткерди. Сәўбетлесиў барысында аўыл ҳаял-қызларының мүрәжаты менен тигиўшилик кәсибине бағдарлаў сырларын үйретиў бойынша оқыў курсын шөлкемлестириўди режелестирип алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети