Мақсет-жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў
Усы жыл 27-январь күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ис-илажларына бағышланған видеоселектор жыйналысы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 2-февраль күнги баянламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша Тахтакөпир районында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Б.Танирбергенов «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйынында болды. Аўыл хожалығында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў, аўыллық жерлерде жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша кең түсиниклер берди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети