Fan va ta'lim 20 жылдан соңғы ушырасыў

20 жылдан соңғы ушырасыў

0
20 жылдан соңғы ушырасыў

Кешеги жаслық, бүгинги кисилик дәўир. Олардың басламасы  ҳеш ўақытта умытылмас шийрин дәўир - балалықтан басланады. Мектеп астанасы, дәслепки қәдем, дәслепки муғаллим, дәслепки ҳәрип, балалықтағы дослар, устазлар...

Райондағы 6-санлы мектептиң 1999-2000-оқыў жылында 11-класс питкериўшилери арадан 20 жыл өтип, Ана мектебине және жыйналды. Арамызда бар устазлары, класслас дослары менен сағынышлы түрде жигирма жылдан соң және бир мәўритке болса да жыйналып, сағынышларын басты. Әзийз устазларына алғысларын билдирип, олар арқалы өзлериниң өмирден орын тапқанын мақтаныш етти.
Сағынышлы сәўбетлер бир кесе шай үстинде және даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети