Fan va ta'lim Нургүл бириншиликти ийеледи

Нургүл бириншиликти ийеледи

0
Нургүл бириншиликти ийеледи

Бүгин 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде және бир жаңалық. Россия Федерациясының Екатеринбург қаласында онлайн түрде өткерилген IV Халықаралық "Сазлы әсбаплы дөретиўшилик" таңлаўында усы мектептиң халық сазлары бөлими 5-класс оқыўшысы Нургүл Зинелова "Дуўтар сазлары" жөнелиси бойынша лауреат болды ҳәм I дәрежели диплом менен сыйлықланды. Жеңимпаз қыздың класс муғаллими Злиха Рейимқулова, концертмейстер Айгүл Абиевалар. Солай етип, музыка мектебинде жеңимпазлар саны барған сайын артып бармақта. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети