Fan va ta'lim Пән айлығын сапалы өтиў ушын

Пән айлығын сапалы өтиў ушын

0
Пән айлығын сапалы өтиў ушын

Январь айы - улыўма орта билим бериў мектеплеринде "Тәбийий пәнлер айлығы" сыпатында белгиленген.

8-санлы орта мектепте де бул пән айлығы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилип, оннан аслам ашық сабақлар өткерилди.
Усындай ашық сабақлардың бири  физика пәнинен "Пружинаның қаттылығын анықлаў" деп аталып, оны пән муғаллими Улбосын Қурбаназарова алып барды. 
Сабақта устаз педагогикалық  шеберлигин көрсете алды. Үй тапсырмасын сораў басқышында "ақылый ҳүжим" методынан пайдаланды. Таза теманы фронтал тәжирийбе тийкарында оқыўшылар ушын  қызықлы хәм мазмунлы етип өткерди. Оқыўшыларды өз пәнинен билим алыўға қызықтыра алыў - бул устаздың жеңиси.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети