Кишкене Жанайбек ҳүжжетли болды
1316
0
Шет еллерде талап ислеп жүрип балалы болған пуқараларымыздың перзентлерине туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығын алалмай жүргенлери ушырасады. Тахтакөпир районы "Белтаў" АПЖ турғыны О.Боранкуловтың 2013-жылы Қазақстан Республикасында туўылған перзентине ата-аналары немқурайдылық пенен қарап және ҳүжжетлериниң жетерли болмаўы себебинен туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығы алынбаған.
Тахтакөпир районы ПҲАЖ бөлиминиң жәрдеми менен "Белтаў" АПЖ да жасаўшы 7-июль, 2013-жылы туўылған Есбергенов Жанайбек Оңғарбай улына тийисли ҳүжжетлер топланып, туўылғанлық ҳаққында гүўалық рәсмийлестирилип берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети