Ma'daniyat "Белтаў"да йошлы қосықлар жаңлады

"Белтаў"да йошлы қосықлар жаңлады

0
"Белтаў"да йошлы қосықлар жаңлады

Алыс аўыллар... Олар район орайынан алыс қашықлықта жайласқан бизиң "Қоструба", "Белтаў", "Маржанкөл" сыяқлы елатларымыз. 

Мәмлекетимиз тәрепинен алыс аўылларда жасаўшы халқымыздың таза ишимлик суўынан пайдаланыўы, электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлениўи т.б мүтәжликлери ушын мүмкиншиликлер жаратып атыр. Орта билим бериў мектеплери жөнлеўден өткерилип, билимлендириўдиң сапасы артпақта. Жаңадан мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имаратлары қурылып, ескилерине заманагөй түрде оңлаў жумыслары жүргизилди. Олардың мәдений дем алысын шөлкемлестирип барыўды да жолға қойып келмекте.
Кеше екшемби-дем алыс күни республикамызға белгили көркем өнер ғайраткерлери "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы халыққа концерт бағдарламасын қойып берди. Аўыл халқының бир күнлик дем алыс пайыты усылайынша кеўилли өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети