Fan va ta'lim Жеңимпазлар саны артпақта

Жеңимпазлар саны артпақта

1
Жеңимпазлар саны артпақта

Пәнлер олимпиадасы - оқыўшының пәнге болған қызығыўшылығын, оның келешек кәсибине болған интасын белгилеп беретуғын бирден-бир сынақ. Республикамызда барлық орта билимлендириў мәкемелери арасында  өткерилген 3-тур пәнлер олимпиадасында және бир жеңимпаз оқыўшы анықланды.Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 10-санлы  орта мектептиң 10-класс оқыўшысы Манзура Мамбетназарова пәнлер олимпиадасында  қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен сыйлы 1-орынды ийеледи. Муғаллими жоқары категориялы  оқытыўшы Гүлшат Омарова.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети