Fan va ta'lim Жүзден жүйрик, мыңнан тулпарлар шықты

Жүзден жүйрик, мыңнан тулпарлар шықты

0
Жүзден жүйрик, мыңнан тулпарлар шықты

 

Республикалық Президент мектеби, Темурбеклер мектеби, кәсип-өнер мектеплери, академиялық лицей, И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты ҳәм улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында өткерилген пәнлер олимпиадасы жуўмақланды.
Тахтакөпир районындағы 3-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Зульфия Жоллыбаева қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни жөнелисинде сыйлы 1-орынды жеңип алыўға еристи. Буннан алдын 6-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Ҳүрлиман Жолдасбаева да 1-орынды ийелеп, Ташкент қаласына жоллама алған еди.
Зульфияның пән оқытыўшысы Задахан Сейтжанова.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети