Siyosat Семинар өткерилди

Семинар өткерилди

0
Семинар өткерилди

Журтбасшымыздың 2021-жылды "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы" деп атаўы халқымыз тәрепинен жыллы күтип алынбақта.

Президентимиз Жаслар форумында ҳәм Олий Мажлиске мүрәжатында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап- қуўатлайтуғынын билдирген еди.
Президентимиздиң  муражаттағы жасларға қаратылған сөзлерин өсип киятырган әўладқа кеңнен түсиндириў мақсетинде район ҳәкимиятының мәжилислер залында семинар өткерилди. Барлық сектор басшылары, пуқаралар жыйыны баслықлары, мектеп директорлары, жаслар жетекшилериниң қатнасыўында өткерилген семинарда район ҳәкими Ж.Адилов кең түрде шығып сөйледи ҳәм ол өз сөзинде жаслар сиясаты бойынша президентимиз тәрепинен алып барылып атырған жумыслар әлбетте районымызда жасаўшы ҳәр бир жасқа жетип барыўы, олар өз алдына қойған мақсетлери ушын гүресиўи, керек жеринде жәрдем сораўы мүмкин екенлигин атап өтти. Семинар қатнасыўшылары үгит-нәсият жумысларын өз аймақларында даўам еттиреди.

Тахтакөпир районы хәкимлиги Мәлимлеме хызмети