Siyosat Aрнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды

Aрнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды

0
Aрнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды

Арал бойы регионы Тахтакөпир районы "Бөршитаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жер майданларында егилетуғын аўыл хожалығы егинлерин ҳәм бағларды тамшылатып суўғарыў ушын суў ҳәўизин пайда етиў бағдарында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды
Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 6/6/42-136-санлы хаты тийкарында, "Бөршитаў" АПЖ аймағында егилетуғын аўыл хожалығы егинлерин ҳәм бағларды тамшылатып суўғарыў ушын суў ҳәўизин пайда етиў жумысларын шөлкемлестириў бойынша арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды. 6-16-январь күнлери аралығында даўам ететуғын арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы жумысларына тийисли техникалар менен автотранспорт қураллары қатнастырылып атыр.
Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, "Аймақгаз Қарақалпақстан" филиалы, "Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары" АЖ, Үй –жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги, "Қарақалпақ суў тәмийнаты" ҳәм олардың райондағы бөлимлери менен филиаллары тәрепинен арнаўлы техникалар, әсбап-үскенелер менен тәмийинленген, тәжирийбели қәнигелерден ибарат жеке қурам ҳәм тез жәрдем, аварияны тиклеў бригадалары жумыс алып бармақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети