Ma'daniyat Балалар қысқы дем алыста

Балалар қысқы дем алыста

0
Балалар қысқы дем алыста

Балалар ҳәзир қысқы дем алыста. Олардың дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде 1-санлы орта мектеп жәмәәти тәрепинен дөгереклер, секциялар ҳәм клублар шөлкемлестирилген.

Мектептиң 10-класс оқыўшысы Рамбергенова Наргиза өзиниң "Қырық қыз"клубында дизайнерлик, миллий нағысларды тоқыў, дөретиўшилик жумыслары менен белсендилик көрсетип келмекте.
5-баслама тийкарында китапханашы А.Жумабаева ҳәм  устаз А.Қаниязова менен биргеликте  қуўыршак театрында "Апалы-сиңлилер" ертегин сахналастырды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети