Siyosat Кеўил алыў да саўап ис

Кеўил алыў да саўап ис

0
Кеўил алыў да саўап ис

Мәмлекетимизде кем тәмийинленген шаңарақларды, бағыўшысын жоғалтқан, нәгиранлығы бар инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ислери даўам етип атыр.

Район ҳәкимлиги, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими менен биргеликте шегара аймақларында жасаўшы «Белтаў», «Қоңыраткөл», «Жаңадәрья», «Маржанкөл», «Мүлик» ҳәм «Қоструба» аўыллары аймақларындағы кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға  мүтәж болған жәми 46 хожалыққа жаӊа жыл байрамы мүнәсибети менен 11 түрдеги турмыслық хожалық буйымлары, атап айтқанда, 10 хожалыққа телевизор ҳәм 36 хожалыққа турмыслық тутыныў буйымлары  мәнзилли жеткерип берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети