Siyosat Өнермент қызға байрам алды саўға болды

Өнермент қызға байрам алды саўға болды

0
Өнермент қызға байрам алды саўға болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Камалов Тахтакөпир районы жаслары менен болған ушырасыўында "Бәркамал әўлад" балалар мектеби "Кестешилик" дөгереги басшысы, өнермент қыз Илмижәҳән Жолдасбаеваның мүрәжаты бойынша гилем тоқыў үскенесин (станок) алыўда жәрдем беретуғынын атап өткен еди. Бүгин жаңа жыл байрамы алды гилем тоқыў үскенеси районға жеткерилип, район ҳәкими Ж.Адилов өнермент жасқа үскене менен бирге жаңа жыл саўғасын инәм етти. Илмижәҳән өз қуўанышын жасыра алмады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети