Siyosat Tахтакөпир районы ҳәкими Ж.А.Адиловтың жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен районымыздың халқына жоллаған байрам қутлықлаўы

Tахтакөпир районы ҳәкими Ж.А.Адиловтың жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен районымыздың халқына жоллаған байрам қутлықлаўы

0
Tахтакөпир районы ҳәкими Ж.А.Адиловтың жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен районымыздың халқына жоллаған байрам қутлықлаўы

Қәдирли ҳәм әзийз заманласлар!

Дүнья есигин айқара ашып санаўлы саатлардан соң кирип келиў алдында турған 2021-жыл -- "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы" менен Сизлерди ҳәм сизлер арқалы пүткил шаңарақ ағзаларыңызды шын жүректен қутлықлайман. Ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, от басыңызға аманлық, қут-берекет, несийбе, татыўлық тилеймен.
Өтип баратырған жылымыз Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өткениндей, бираз машақатлы ҳәм сынаўлы демлерге толы болыўына қарамастан, мәмлекетимизде, соның ишинде бизиң районымызда да халқымыздың мийтендей беккем аўызбиршилиги, бири-бирине қайырхомлығы арқалы көпшилик қыйыншылықларды жеңип шығыўға еристик. Районымыздың тараўларында сезилерли дәрежеде өсиўлер болды. Әсиресе, "Абат орай" бағдарламасында районымызда жаңа қурылыслар бой тиклеп, шырайлы түске енгизилди. Пандемия дәўиринде өз мийнетлериниң нәтийжесинде халқымыз бенен бир болып, дийқан-фермерлеримиз аўыл хожалығы тараўында егислик суўының нормадан аз болыўына қарамастан дийдилеген өним алыўға еристи. Аймақларымыздың көринисин жаңалаў, пуқараларымыз ушын ҳәр тәреплеме қолайлы турмыс шараятын жаратыўға қаратылған мақсетли бағдарламалар ҳәм жойбарлар әмелге асырылды. Президентимиздиң усы жылы 2-октябрь күни республикамызда болып, жаңаланыўлар менен танысып шығыўы ҳәм жерлеслеримизге және бир мәртебе үлкен исеним билдиргени, халқымыздың күшине күш қосып, оларды руўҳландырды деп ойлайман. Сиз халқымыз бенен атқарған, еле атқаратуғын хызмет ўазыйпаларымыз талай ғана. Биз өтип баратырған жылдағы қәте-кемшиликлерден жуўмақ шығара отырып, жаңа мақсетлеримиз бенен таза жылымызды баслаймыз. Буның ушын ҳәр бир туўылған жердиң патриоты болған сизлер менен биргеликте жаңаланыўлар жарата аламыз. Бул жолларда бәршеңизге саў-саламатлық, талмас күш-жигер тилеймен.

Жаңа 2021-жыл және бир мәрте бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын!