Siyosat Халық депутатлары районлық Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти

Халық депутатлары районлық Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти

0
Халық депутатлары районлық Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими Адилов Жамбул Агытаевич ашты ҳәм басқарып барды.

Сессияда сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, райондағы тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң баслықлары, жыйын баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияның күн тәртибинде 7 мәселе, яғный 2021-жылғы Тахтакөпир районы бюджетин тастыйықлаў ҳаққында, 2020-жылдың 12 айы даўамында Әдил судлаўды ǝмелге асырыў барысында алып барылған жумыслары бойынша, 2020-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы нызамлары, Президент пǝрманлары, қарарлары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының буйрық ҳǝм көрсетпелериниң орынланыўы ҳǝм Тахтакөпир районы аймағында нызамшылықты беккемлеў, ҳуқықбузарлықтың, жынаятшылықтың алдын алыў ҳǝм де болдырмаўға қаратылған илажлар, районлық әдиллик бөлими тǝрепинен 2020-жылдың 12 айы даўамында ǝмелге асырылған жумыслары, районды социал-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў нǝтийжелери ҳǝм де анықланған машқалаларды шешиў, Кеӊес мǝжилисинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2020-жыл 12 айы даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлар ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм машқалаларды ҳәр тәреплеме талықлаў, район аймағындағы кем тǝмийинленген шаңарақларды дизиминен шығарыў бойынша ǝмелге асырылып атырған жумыслары қарап шығылды.

Хуқық қорғаў уйымы басшылары, сектор баслықларының есабатлары депутатлар тәрепинен додаланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша қарар жойбары депутатлар тәрепинен бир аўыздан тастыйықланды.
Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезексиз он тоғызыншы сессиясының күн тәртибине киргизилген мәселелер толығы менен көрип шығылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети