Siyosat Саламат ата-анадан саламат перзент туўылады

Саламат ата-анадан саламат перзент туўылады

0
Саламат ата-анадан саламат перзент туўылады

Президентимиз Ш.М.Мирзиеёвтиң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатнамасы елимиздиң раўажланыўының жақсы басқышы - жаңа Өзбекстанға жаңаша көз қарас кәлиплесип атырған бир ўақытта үшинши ренесанстың тийкары қурылып атырған бир дәўирде үлкен әҳмийетке ийе болғанын айрықша атап өтиў орынлы деп есаплайман.

Мүрәжатнамада 2020-жылда ерискен нәтийжелер «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекет бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған ислер ҳаққында айтып өтип, 2021-жылға «Жасларды қоллап- қуўатлаў ҳәм ҳалықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама берилип, мәмлекетимизди және де раўажландырыўға қаратылған ең әҳмийетли ўазыйпалар, ишки ҳәм сыртқы сиясатқа байланыслы үстинликке ийе бағдарлар белгилеп берилди. Соны айтып өтиў орынлы, бундай деп атама берилиў, мәмлекетимизде алып барылып атырған жаслар бойынша мәмлекет сиясатының логикалық даўамы сыпатында үлкен әҳмийетке ийе.
Жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаў мақсетинде бир пүтин ҳәм үзликсиз система жаратылыўы, гүмансыз, жасларға байланыслы мәмлекет сиясатын жаңа басқышқа көтереди.
Президент көрсетип өткен усы бир пүтин система бала туўылғаннан баслап, 30 жасқа шекем болған дәўирде оны ҳәр тәреплеме мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўын нәзерде тутады.
Президентимиз тәрепинен итибар жас әўладқа тәлим системасының барлық басқышларында сапалы ҳәм заманагөй тәлим тәрбия бериўге, мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерди үйретиўге ҳәм оларды мүнәсип жумыс орынлары, үй-жай менен тәмийинлеўге қаратылыўы керек екени көрсетип өтилди.
2021-жылда Өзбекстан Республикасының мәмлекетимиз ғәрезсизлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен бул тарийхый сәнени пүткүл халқымыз бенен биргеликте «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық» деген ийгиликли идея менен кең байрам етемиз, деп атап өтти.
«Халқымыз саламатлығын сақлаў ҳәм беккемлеў барысындағы түпкиликли референдумларымызды жаңа басқышқа көтериўимиз зәрүр. Бунда ҳалқымыз, әсиресе жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин кең нәсиятлаў ең үстин бағдарлардан бири болыўы керек» деп айтып өтти Президентимиз.
Сонлықтанда, биз ПҲАЖ бөлими тараўы хызметкерлери жумысымыз барысында халыққа, әсиресе шаңарақ қурыў алдында турған жасларымызға жеке өзлериниң саламатлығын беккемлеўи зәрүрлигин айтып түсиндиририп барыўымыз лазым. Себеби, саламат ата-анадан келешекте саламат перзентлер дүньяға келетуғынын, сол перзентлер бизиң мәмлекетемиздиң ертеңги келешеги екенлигин ҳәм әлбетте дени саў, перзентлер ғана ата-аналардын арзыў-әрмән еткениндей ата-ананын қуўанышы, мийримли, билимли, илимли перзент, келешекте жәмийетке мамлекетке пайдасы тийетуғын кәмил жетик инсан бола алатуғынын айтып барыўымыз зәрүр.
Биз ата-аналар өз перзентлеримизге сондай жақсы орталық ҳәм шараятларды жаратыўымыз керек. Бунда дәслеп тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин пайда етиў, илим, пәнге қызықтырып барыўымыз зәрүр.
Мен ана сыпатында ҳүрметли президентимиздиң бир пикирине айрықша кеўлим толды: «Ана ҳәм бала денсаўлығына итибар-жәмийетке, келешекке итибар", деген еди. Усы мақсетте 2021-жылдан баслап 15-жасқа шекем болған балалар ҳәм ҳәмледар ҳаялларға 7 түрдеги витаминлер, балалар ушын паразитар кеселликлерге қарсы дәрилер бийпул тарқатылады және бир айтыўға турарлық пикир «Мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында ҳаяллардың орны ҳәм статусын еледе беккемлеў- реформаларымыздың ең үстин бағдарларынан бири есапланады", деген пикири жаңа 2021-жылда ҳаял-қызлар ушын қатар жеңилликлер ҳәм шараятлар жаратылыўы көрсетилген.
Президентимиздиң ҳаял-қызларға көрсетип атырған үлкен ғамқорлығынан кеўлимиз толып ҳәм руўхланып, бул саладағы ўазыйпаларды өз ўақтында, сапалы етип орынлаў бизиң бөлимимиздиң де әдиўли миннети болыўы керек деп ойлайман.

Айнагүл Сағындықова

Тахтакөпир районлық ПҲАЖ бөлими баслығы