Siyosat Және бир халықаралық жеңимпаз

Және бир халықаралық жеңимпаз

0
Және бир халықаралық жеңимпаз

Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы "Бәркамал әўлад" балалар мектебиниң "Кестешилик" дөгереги басшысы Жолдасбаева Илмижәҳән де халықаралық таңлаў жеңимпазы болыўға еристи.

Илмижәҳән Жолдасбаева Швецияның Стокгольм қаласында өткерилген "ART SWEDEN FEST" халықаралық орынлаў санааты онлайн таңлаўында "Безек ҳәм әмелий кестешилик" жөнелиси бойынша 1-дәрежели диплом менен сыйлықланды. Диплом таңлаўға тийкар салынған Европа Мәденият Ассоциациясы тәрепинен берилген болып, онлайн жеткерилди ҳәм ҳақыйқый нусқасы менен саўғалар почта арқалы жеткерилетуғынын билдирди. 
Илмижәҳәнди ҳәм оның устазларын бул табысы менен қутлықлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети