Siyosat Алыстан қатнайтуғын балаларға саўғалар

Алыстан қатнайтуғын балаларға саўғалар

0
Алыстан қатнайтуғын балаларға саўғалар

Аўыл балалары, соның ишинде ең алыс аймақлардан мектепке қатнап оқыйтуғын оқыўшылар, ата-анасынан айырылған, жақынларының қәўендерлигинде болған балаларға Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан  Республикалық Басқармасы тәрепинен жаңа жыл байрамы алдынан велосипедлер саўға етилди.

Район ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов жыйналғанларды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады. Сектор басшылары өз аймақларында жасаўшы балаларға саўғаларды тапсырды.
Бүгин 23 жас өспирим өз саўғалары менен үйлерине қайтты. Олардың көпшилиги аўыл балалары еди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети