Siyosat "Кең көлемли реформалар әмелге асырылады"

"Кең көлемли реформалар әмелге асырылады"

0
"Кең көлемли реформалар әмелге асырылады"

Бүгин  Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатын тыңладық. Президент өз мүрәжатында: "Жаңа Өзбекстан-мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады" деген идея тийкарында кең көлемли реформаларды әмелге асырамыз", деп атап өтти.

Бириншиден, жас әўладқа бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында сапалы тәлим-тәрбия бериўди жолға қоямыз. Олар физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат, ўатаны ушын пидайы инсанлар болып камалға келиўи ушын барлық күш және имканиятларды жумсаймыз.

Екиншиден, жасларды заманагөй билим ҳәм тәжирийбелер, миллий, улыўма инсаныйлық қәдириятлар тийкарында еркин ҳәм логикалық пикирлейтуғын, ийгиликли пазыйлетлер ийеси болған инсанлар етип камалға келтиремиз.

Үшиншиден, ул-қызларымызды мийнет базарында талап жоқары болған заманагөй кәсип-өнерлерге үйретиў, оларда исбилерменлик көнликпелерин, мийнет сүйгишлик пазыйлетлерин қәлиплестириў ҳәм басламаларын әмелге асырыў, жумыс ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўге баслы итибарды қаратамыз,-деген еди Ҳүрметли Президентимиз.

Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына қойылатуғын талаплар менен бирге жасларымызға ертеңги күнимиздиң ҳақыйқый қурыўшылары сыпатында беккем исеним билдирди. Және бул келешек әўлад пенен бирге гүллән  оқытыўшы қәўимине де жуўапкершилик жүклейди.

2021-жылды "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў" жылы деп белгилеп берди.

Биз O‘zLiDeP партиясынан сайланған депутатлар Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатын толық қоллап-қуўатлаймыз.

Бәршеңизди кирип киятырған 2021-жаңа жылыңыз бенен қутлықлайман.

Қуат Елмуратов

O‘zLiDeP партиясынан Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң депутаты