Siyosat "Қоңыраткөл"де жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды

"Қоңыраткөл"де жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды

0
"Қоңыраткөл"де жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды

 

Райондағы “Қоңыраткөл” аўылы аймағында 315 хожалық болып, 1448 халық жасайды. Инвестиция бағдарламасы тийкарында "Қоңыраткөл"де сметалық баҳасы 2,9 млрд сумлық, 120 орынға мөлшерленген 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты қурылды. 
"Реверстрой" ЖШЖ тəрепинен имараттың қурылыс жумыслары толық жуўмақланды ҳәм бүгин ашылыў салтанаты болып өтти. Онда район ҳəкими Ж.Адилов Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министриниң орынбасары Т.Байжановлар шығып сөйлеп, балалар бақшасының ашылыўы ҳəм жақынласып қалған жаңа жыл байрамы менен бəрше қатнасыўшыларды қутлықлады. Буннан соң мийманлар бақшаның ишки қолайлықлары менен танысып шықты. Жаңа балалар бақшасы имараты аўыл турғынлары ушын үлкен саўға болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети