Siyosat Ҳеш ким нәзерден шетте қалмайды

Ҳеш ким нәзерден шетте қалмайды

0
Ҳеш ким нәзерден шетте қалмайды

Саўап исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеўи керек. Бул данышпанлық сөзге жасларымыз әмел етсе, нур үстине нур болады. 

Жаңа жыл байрамы алдынан  райондағы "Атакөл" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан  8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң  басланғыш шөлкем жетекшиси ҳәм сәрдарлар Кеңеси «Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды» атамасында қайырхомлық  акциясын шөлкемлестирди. Олар акция шеңберинде имканияты шекленген,  үй шараятында оқып билим алып атырған балалардың  үйлерине барып, олар менен жақыннан сәўбетте болды. Балалар менен биргеликте түрли  ойын заўықлар шөлкемлестирди ҳәм  байрам саўғаларын тапсырды. Байрам алды кеўиллери көтерилген үй шәраятында билим алып атырған балалардың ата-аналары мектеп жасларына миннетдаршылық билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети