Siyosat Тахтакөпирде жаслар фестивалы өткерилди

Тахтакөпирде жаслар фестивалы өткерилди

0
Тахтакөпирде жаслар фестивалы өткерилди

Тахтакөпир районында усы жылдың 18-25-декабрь аралығында Өзбекстан Республикасында «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўы, өсип киятырған бәркамал жас әўладты тәрбиялаў, оларды спорт тараўына кең қамтып алыў, ахборот технологияларын терең үйрениў, китапсүйиўшилик мәдениятын қәлиплестириўдей бес әҳмийетли басламаны өзинде жәмлеген «Жаслар фестивалы» өткерилди. Фестивал шеңберинде түрли спорт жарыслары, викторина ойынлары, ўатанпәрўарлық руўхында тәрбиялаўшы мәдений кешелер өткерилди.

Фестиваль шеңберинде өткерилен илажларда жеңимпаз болған жасларымыз район ҳәкимшилиги тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Сондай-ақ жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен «Хошамет 2020» мәресими өткерилип, илаж даўамында жылдың ең белсенди Кеңес, шөлкем, мектеплери номинациялар бойынша хошаметленди. Жаслар агентлиги менен бирге ислескен мәкеме, шөлкемлерге "Миннетдаршылық хаты" тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети