Siyosat Елшилер районымызда

Елшилер районымызда

0
Елшилер районымызда

Алдын хабар етилгениндей Өзбекстан Республикасының сырт ел мәмлекетлериндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери басшылығындағы мәмлекетимиздиң шет елдеги алпыстан аслам дипломатиялық ўәкилханаларынан ибарат делегация ағзалары өткен күни республикамызға келген еди.

Бүгин Тахтакөпир районына Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы Айрықша ҳәм толық елшиси Саидов Бахтиёр Одилович ҳәм Тәжикстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық елши Шаисматов Эргаш Рахматуллаевичлердиң сапары басланды. Мийманлар күн даўамында  район ҳәкими Ж.Адиловтың басшылығында  бир қатар ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў орынларында болды. Райондағы инвестициялық ҳәм  экспорт имканиятлары бойынша мағлыўматларға ийе болды және өнимлер, хызмет көрсетиў орталықлары, айырым билим бериў орынлары менен танысты.  
Районға шет ел инвесторларын енгизиў, туризм тараўын раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Олар сапарын "Оразбай-ата" медклиникасынан баслады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети