Siyosat Жаслар фестивалы

Жаслар фестивалы

0
Жаслар фестивалы

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен өткерилип атырған Жаслар фестивалы шеңберинде режелестирилген Баспасөз конференциясы өткерилди. Онда райондағы орта билимлендириў мектеплериниң дөретиўшиликке қызығыўшы жаслары өз жетекшилери менен биргеликте қатнасты.

Баспасөз конференциясында журналистлер баспасөз ҳәм интернет журналистикасының айырмашылықлары, телерадио журналистикасы бойынша жасларға түсиниклер берди. Дөретиўшиликке қызығыўшы жаслар сораўларына жуўаплар алыў менен бирге устаз журналистлер менен бирге ислесиўге, сондай-ақ, "Бәркамал әўлад" балалар мектебинде ашылған компьютер графикасы ҳәм дизайны дөгерегине ағза болыўға келисип алды.
Бул жаслардың заманагөй журналистикаға жаңа қәдемлери болыўы да мүмкин.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети