Siyosat Мийнет ярмаркасы өткерилди

Мийнет ярмаркасы өткерилди

0
Мийнет ярмаркасы өткерилди

Нәўбеттеги дәстүрий мийнет ярмаркасы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтти.  

Аталған ярмаркада район прокуроры П.Халмуратов, районлық мәжбүрий орынлаў бюросы директоры Р.Сейтназаров ҳәм халық бәнтлигине көмеклесиӯ орайы баслығы А.Байымбетовлар, мәкеме, шөлкемлер, фермерлер бос жумыс орынлары менен қатнасты. 
Соның менен биргеликте усы ярмаркада райондағы жумыссыз халық ҳәм жумысқа орналасыў тилегиндеги пуқаралар ҳәм де жумыссыз алимент төлеўши  қарыздар пуқаралар, 2019-2020- оқыў жылы питкериўшилери,  жумыссыз жаслар қатнасты.
 “Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы”нда 26 кәрхана, шөлкемлер өзлеринде бар болған 109 бос жумыс орынлары менен қатнасып, жәми 53  (соннан 23и алимент төлеўши қарыздарлар) жумыссызлар қатнасты. Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасына қатнасқан19 пуқараға (соннан 12 алимент төлеўши қарыздарлар) жолламалар ҳәм 34 пуқараға  мийнет мүнәсибетлерине байланыслы мәсләҳәтлер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети