Siyosat Мүрәжат - шешилиўи менен қунлы

Мүрәжат - шешилиўи менен қунлы

0
Мүрәжат - шешилиўи менен қунлы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының шөлкемлестириўи менен Тахтакөпир  районында республикалық 4 сектордың, министрлик ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер басшыларының қатнасыўында көшпели қабыллаў болып өтти.

Дәслеп  жаслардың машқалалары тыңланып, мәселелерди шешиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.  
Мүрәжатлардың басым көпшилиги ишимлик суўы, жол қурылысы ҳәм бәнтлик мәселелелери  бойынша болды.
Көшпели қабыллаўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 43 мүрәжат келип түсип, 11 мүрәжат орнында унамлы шешилип, 6 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиниклер берилди. Сондай-ақ, 26 мүрәжат бойынша тийисли мәкеме басшыларына тапсырмалар берилип, Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынатуғын болды. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети