Siyosat Пидайы жаслар жәрдемде

Пидайы жаслар жәрдемде

0
Пидайы жаслар жәрдемде

Тахтакөпир районлық ишки ислер бөлими районлық қорғаныў бөлими ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте "Пидайы жаслар" жәмийетлик патрул топарларын дүзди. Бундағы мақсет, кешки ўақытларда район аймакларындағы мәҳәллелерде жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың тынышлығын тәмийинлеў, соның менен бирге ҳәр қандай ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў, оларға имкан бериўши шараятларды болдырмаў. "Пидайы жаслар" жәмийетлик патрул топарлары бул жумыслар менен шекленип қалмастан,  районлық ИИБ бөлими тәрепинен район аймағында жасаўшы кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан жалғыз баслы, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың үйлерине барып, мәўсимлик және басқа да машқалаларын жеңиллестириў илажлары көрилмекте. Нызам талабында көрсетилген 100 саатын орынлап болған топар ағзаларына усыныснамалар берилди. Пидайылық көрсеткен жәмийетлик топар ағзалары район ҳәкимлиги менен ишки ислер бөлиминиң "Миннетдаршылық хаты" менен хошаметленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети