Siyosat Оқыў семинары өткерилди

Оқыў семинары өткерилди

0
Оқыў семинары өткерилди

Районлағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде пуқаралар жыйынлары хызметкерлериниң тәжирийбесин жетилистириўге бағдарланған оқыў семинары өткерилди. 

Семинарда "Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле" принципине тийкарланған жаңа системаның мазмуны ҳәм оны ҳәр бир мәҳәллеге кеңнен енгизиў механизмлери сөз етилди., Районда жаслардың қәбилетин ўақтында анықлаў, олар менен мақсетли ислесиў бойынша өзине тән тәжирийбени жаратыў механизмлери, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўдағы өзгерислер,  мәҳәллелерде "Темир дәптер" ҳәм "Ҳаяллар дәптери"ине киргизилген шаңарақлар  менен ислесиў ҳәм басқа да мәселелер қозғалды. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети