Siyosat Қәўипсизликти сақлаў жолында

Қәўипсизликти сақлаў жолында

0
Қәўипсизликти сақлаў жолында

Районлық Айрықша жағдайлар бөлими басқа да тараў хызметкерлери менен биргеликте қыс мәўсиминде  мәҳәллелер ҳәм елатлы пунктлердеги турақ жайларда газ ҳәм ҳаўа араласпасының шақнаўы, пуқаралардың ийис газинен зыянланыўы ҳәм басқа  жағдайлардың алдын алыўға қаратылған профилактикалық илажларды  секторлар кесиминде үйренип шықпақта. Ҳәр бир турақ жайды (квартира) ҳәм объектлерди көриктен өткериў, газ ҳәм электр үскенелери қәўипсизлик қағыйдалары талапларына муўапықлығы, ысытыў пешлери морыларының сазлығы, насаз, қолбала ҳәм өзбасымшалық пенен орнатылған газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўды қадағалаў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. 

 Ҳүрметли пуқаралар!

Районымызда жасаўшы ҳәр бир шаңарақ ағзасын өрт қәўипсизлигин сақлаўға, ийис гәзинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў қағыйдаларына қатаң әмел етиўге шақырамыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети