Siyosat МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР АГЕНТЛИГИНЕ ҮШ ЖЫЛ

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР АГЕНТЛИГИНЕ ҮШ ЖЫЛ

0
МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР АГЕНТЛИГИНЕ ҮШ ЖЫЛ

Елимизде мәмлекетлик хызметлер тараўын еледе раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлер сапасын жақсылаў ҳәм хызмет көрсетиў көлемин еледе асырыў бойынша кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

2003-жылдан берли исбилерменлик субъектлерин “бир айна” принципи тийкарында дизимнен өткериў район (қала)лар ҳәкимликлери жанындағы исбилерменлик субъектлерин дизимнен өткериў инспекциялары, 2016-жыл 1-январьдан баслап Инспекциялар негизинде Исбилерменлик субъектлерине “бир айна” принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў “бир айна” орайлары тәрепинен әмелге асырылып келинген. 2017-жыл 1-февральдан “бир айна” орайлары район (қала)лар ҳәкимликлери қурамынан Өзбекстан Республикаси Әдиллик министрлиги қурамына өткерилди.

Президентимиздиң 2017-жыл 12-декабрьдеги “Халыкқа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түптен реформалаў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-5278-санлы Пәрманы менен 2018-жыл 1-январьдан исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бир айна орайлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары жанындағы жумыс алып барыўшы Мәмлекетлик хызметлер орайларына айландырылғанлығына быйыл 3 жыл толды.

Алдын Бир айна орайлары арқалы тек ғана исбилерменлик субъектлерине  16 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса бүгинги күнде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине инновациялық технологиялар ҳәм заман талапларына сәйкес тәризде 150 ге жақын мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте.

Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты 2020-жыл 31-август күни қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды. Пуқараларымызға заманагөй үскенелер менен тәмийинленген имәратлардағы мониторларда 150 ге жақын хызмет түри бойынша мағлыўматлар усынылмақта. Қалаберсе көркем етип тәртипке келтирилген хызмет айналары, электрон нәўбет, күтиў залы, перзенти менен келген пуқараларға ана ҳәм бала ханасы, банк кассалары менен тәмийинленген. Имаратта шөлкемлестирилген киши китапханалар болса нәўбет күтип турған пуқаралардың ўақтын мазмунлы өткериўге хызмет етпекте.

Бундай жаратылған имканиятлар менен шекленип қалмастан мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында пуқаралар ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў даўам етпекте.

Буның айқын бир мысалы ретинде Президентимиздиң 2019-жыл 15-февраль күнги ПҚ-4193-санлы қарары менен 2019-жыл 1-июнь күнинен баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслар мәмлекетлик хызметлер орайларында пуқаралар турақлы (ўақтынша) дизимнен Өткен жерине ҳәм юридикалық шахслар почта мәнзилине (жайласқан жерине) қарамастан мәмлекетлик хызметлерди экстерриториал принципи тийкарында алыў имканияты жаратылды. Бул өз гезегинде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар ушын республикамыздың қай жеринде болыўына қарамастан қәлеген мәмлекетлик хызметлерден, қәлеген жеринде пайдаланыў имканияты болып есапланады.

2016-жыл 1-январьдан баслап Инспекциялар негизинде Исбилерменлик субъектлерине “бир айна” принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў “бир айна” орайлары тәрепинен 2016-жылда 148 хызмет көрсеткен болса, 2020-жылдың 11 айы даўамында 20153 мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, бул көрсеткиш 2016-жылға салыстырғанда 136 есеге көбейип көрсетилген хызметлер саны жылдан жылға артып, халық мүтәжликлериниң тез ҳәм сыпатлы орынланып атырғанынан дерек береди. Соныӊ менен бирге халықтың талабынан келип шыққан ҳалда алыс аймақларда жайласқан пуқаралар жыйынларына барып көшпели тәртипте мәмлекетлик хызметлер көрсетилип атыр.

П.Реймқулов

Тахтакөпир районлық мәмлекетлик хызметлер орайы директоры