Siyosat МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР ОРАЙЛАРЫ ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР ОРАЙЛАРЫ ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

0
МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР ОРАЙЛАРЫ ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

Президентимиздиң 2017-жыл 12-декабрьдеги “Халыкқа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түптен реформалаў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-5278-санлы Пәрманы менен 2018-жыл 1-январьдан исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бир айна орайлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары жанындағы жумыс алып барыўшы Мәмлекетлик хызметлери орайларына айландырылды.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 12-декабрьдеги 5278-санлы Пәрманы менен шɵлкемлестирилген Мәмлекетлик хызметлер агентилигине быйыл 3 жыл толды.
Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң шɵлкемлестирилгенлигине 3 толыўы мүнәсибети менен Тахтакɵпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен бир қатар илажлар шɵлкемлестирилди.
Атап айтқанда, байрам мүнәсибети электрон нәўбет қурылмасы арқалы хызметтен пайдаланыўға келген пуқаралар мәлим бир нәўбет нөмерлери астына қойылған байрам саўғалары менен сыйлықланып, оларға өзгеше кейпият усынылды. Ҳеш бир пуқара итибардан шетте қалмаған ҳалда, әсиресе жасы үлкенлерге айрықша итибар берилип, бир кесе ыссы шай менен мийман етилди. Улыўма билим мектеплериниң жоқары класс оқыўшылары арасында орайда “ашық есиклер” күни шөлкемлестирилип, оқыўшыларға интерактив хызметлерден жеке пайдаланып үйрениў бойынша көнликпелер пайда етиў мақсетинде ҳәр бир хызмет түри бойынша таныстырылды. Көрсетилетуғын хызметлерден пайдаланыўды актив түрде өзлестирген оқыўшылар хошаметленеди. 

 

Т.Жусипов
Тахтакɵпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси