Siyosat Бүгинги ҳәм келешектеги ўазыйпалар

Бүгинги ҳәм келешектеги ўазыйпалар

0
Бүгинги ҳәм келешектеги ўазыйпалар

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 17-сессиясы болып өтти. Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаторлары, депутатлар, район ҳәкиминиң орынбасарлары, сектор баслықлары, мекеме, шөлкем басшылары, журналистлер, блогерлер қатнасты.

Сессияда районда 2020-жылдың раўажланыў жуўмақлары ҳәм келеси жылы әмелге асырылатуғын ўазыйпалар бойынша район ҳәкими Ж.Адиловтың Халық депутатлары районлық Кеңесине мүрәжаты тыңланды.

Мүрәжатта Президентимиздиң  пәрман, қарарлары тийкарында районда алып барылған жумыслар, социал-экономикалық өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў мақсетинде алып барылған ўазыйпалар, быйылғы жылы жүз берген пандемияның ақыбетлерин ақылға уғрас сапластырыў арқалы социаллық-экономикалық раўажланыў жолына ерисиўи цифрларда атап өтилди. Жыл даўамында санаат кәрханалары тәрепинен 161 млрд.сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўға (2019-жылда 93,4 млрд сум) ерисилген. Өткен жылда 25 ислеп шығарыў кәрханасы болса, быйылғы жыл даўамында 61 санаат кәрханасына жетти. «Kegeyli exstract» ЖШЖ боян тамыры экстракти, «Good Salt production» ЖШЖ ас дузын қайта ислеп шығарыўда, «Dawren»жеке кәрханасы металдан буйымлар ислеп шығарыўда жетекшилик етпекте.

Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми миллий валютада 111,7 млрд. сумды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 142,8 пайызды қурап, 1,6 млн АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Бунда «Сейит шарўа» (490 мың АҚШ доллары), «Данияр шарўа» (247 мың АҚШ доллары), фермер хожалықлары, «Agro Kompleks Karakalpakstan» ЖШЖти (170 мың АҚШ доллары), «Тахтакөпир жайлаўлары» кооперативи (247 мың доллар) тағы басқа шарўаларды көрсетип өтти.

Қурылыс көлеми болса 76,4 млрд сумға орынланған болып, (өткен жылы 55,0 млрд сум) өсиў дәрежеси 121, 9 пайызды қурайды.

Хызметлер көлеми 61,9 млрд.сум (өткен жылы 58,4 млрд);

аўыл хожалығындағы көлеми 248,4 млрд сум (өткен жылы 205,4 млрд).

Жыл даўамында 357 физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жәми 8 млрд. 547,1 млн сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Жыл даўамында жергиликли бюджет қаржылары есабынан 10 млрд 875,3 млн.сум қаржылар (еркин қалдық қаржылары есабынан 4 млрд 434,2 млн.сум, район ҳәкимлигиниң сақлаў фонды есабынан 946,5 млн.сум ҳәм дараматлар режесинен артық орынлаған бөлеги есабынан 5 млрд 590,0 млн.сум) сарпланды. Бул қаржылар социаллық объектлерди капитал оңлаў, гүз қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәмде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жумсалды.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўларын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4512-санлы қарарына тийкарланып 2020-жылда жәми 47 млрд. 854 млн. сумлық, соннан банк кредити  38 млрд. 29 млн. сумлық 18 инвестиция жойбарлары әмелге асырылды нәтийжеде 117 жаңа жумыс орынлары жаратылыўына ерисилди.

Германия, Қазақстан мәмлекетлеринен районымызға жәми 280 бас нәсилли қарамаллар ҳәм 3000 бастан артық нәсилли қойлар алып келинди.

Жаңадан шөлкемлестирилетуғын киши бизнес субъектлери санын көбейтиў, олардың экономикадағы үлесин асырыў мақсетинде 2020-жыл даўамында 120 киши бизнес субъектлерин жаңадан шөлкемлестириў реже-графиги белгиленген болса, соннан бүгинги күнде 140 жаңадан киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилген болып, реже 116,7 пайызға орынланды. Буннан тысқары 175 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди.

Санлы технологияны енгизиў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты қурылысы жаңадан қурылып (3 млрд. 432 млн. сумлық) бунда бүгинги күнде электрон тәризде 150 түрдеги хызметлер көрсетилип келинбекте.

Экспорт көлемин асырыў, жаңа өнимлердиң экспортын жолға қойыў ҳәм базарларға шығарыў ушын 2020-жыл жәми 1 млн 485 мың АҚШ доллар экспорт прогнозы белгиленген болса, жыл даўамында 1 млн. 529 мың долларлық өнимлер экспортқа шығарылды ҳәм жыллық реже артығы менен орынланды.

Районда халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 62%ти қурамақта.

— инвестиция дәстүрине тийкарланып “Тахтакөпир суў бөлистириў” имаратында 1,2 млрд.сумлық реконструкция жумыслары;

— Арал бойын раўажландырыў фонды қаржылары есабынан 23,2 км 5,7 млрд.сумлық қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Жумыс пенен тәмийинлеў бағдары 103 пайызға орынланды. 2020-жыл даўамында жәми 3016 пуқаралар (ҳаял-қызы 1464) (жаслары 1129) жумыс пенен тәмийинленди.

Районымызда шөлкемлестирилген “Қайыр сақаўат ҳәм көмек” фондына 185,6 миллион сумнан аслам қаржылар келип түсип, бул қәрежетлер халықтың кем тәмийинленген қатламының турмыс дәрежесин жақсылыў ушын жумсалды. “Жаслар  дәптер”ине енгизилген 1425 жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери”не енгизилген шаңарақларға көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси сөз етилди

Район ҳәкими өз мүрәжатында буннан да басқа райондағы исленген жумыслар менен бир қатарда келеси жылдың ўазыйпаларына да тоқтап өтти.

Тахтакөпир районында 2020-2022-жылларда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў бойынша жәми 73 млрд 901 млн. сумлық 54 инвестиция жойбарлары иске түсирилиўи ҳәм жаңадан 359 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленгени тараўлар бойынша суммаларда  бөлип көрсетилди.

Мүрәжат соңында депутатлар өзлериниң пикир усынысларын билдирди.

Сессиядан соң журналистлер менен пресс конференция өткерилип, район ҳәкими, сектор басшылары журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети